IMMUNITY IS THE GUARANTEE OF HEALTH AND LONGEVITY

HAC
Google Scholar
To share
Saparov, T. (2024). IMMUNITY IS THE GUARANTEE OF HEALTH AND LONGEVITY. Modern Science and Research, 3(1), 1046–1050. Retrieved from https://inlibrary.uz/index.php/science-research/article/view/28644
Crossref
Сrossref
Scopus
Scopus

Keywords:

Abstract

The article talks about the history of the origin of the word immunity, the main function, types and meaning of immunity.

Similar Articles


background image

ISSN:

2181-3906

2024

International scientific journal

«MODERN

SCIENCE

АND RESEARCH»

VOLUME 3 / ISSUE 1 / UIF:8.2 / MODERNSCIENCE.UZ

1046

ИММУНИТЕТ- ДЕН САЎЛЫҚТЫҢ ҲӘМ УЗАҚ ӨМИР СҮРИЎДИҢ

ГИРЕЎИ

Сапаров Турдыбай Толыбаевич

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети

педагогика илимлери кандидаты, доцент.

https://doi.org/10.5281/zenodo.10579050

Аннотация. Мақалада иммунитет сөзиниң келип шығыу тарыйхы, иммунитеттиң

тийкарғы функcиясы, формалары ҳәм әҳамиияти көрсетилген.

Гилт сөзлер: Иммунитет, белок, лейкотсит, фагоcитоз, елиминатсия, вакcина,

антиген, антитела, епидемия, пандемия, ОИТС/ОИВ.

IMMUNITY IS THE GUARANTEE OF HEALTH AND LONGEVITY

Abstract. The article talks about the history of the origin of the word immunity, the main

function, types and meaning of immunity.

Keywords: Immunity, amino acid, leukocyte, phagocytosis, elimination, vaccine, antigen,

antidiv, epidemic, pandemic, AIDS/HIV.

ИММУНИТЕТ – ГАРАНТ ЗДОРОВЬЯ И ДОЛГОЛЕТИЯ

Аннотация. В статье говорится об истории происхождения слова иммунитет,

основной функции, видах и значении иммунитета.

Ключевые слова: Иммунитет, аминокислота, лейкоцит, фагоцитоз, элиминация,

вакцина, антиген, антитело, эпидемия, пандемия, СПИД/ВИЧ.

Буннан көп жыллар бурын халықтың абыройын шығарған жаўырыны жерге

тиймеген палўанларды, темирден түйме соққан, ағашқа гүл ойған усталарды ҳәм т.б
халықтың ишинен шыққан айрықша талантлы инсанларды патша ҳәм ханлар өмириниң
ақырына шекем салықтан азат еткен ҳәм ондай адамларды иммунитети бар инсанлар деп
атаған.

Дерлик ХIХ әсирдиң ақырына шекемги дәўирде айрықша қәўипли кеселликлердиң

(холера, шума, сибир жарасы ҳәм т,б) эпидемиясынан халық қырылып, қалалар босап
қалған. Бирақ айрым адамлар наўқаслар менен тығыз қатнаста болыўына қарамастан оларға
кеселлик жуқпаған. Ондай адамларды халық иммунитети бар адамлар (қудай талам
кеселлениўден азат еткен деген түсиникте) деп атаған ҳәм оларды дизимге алып эпидемия
ўактында наўқасларға хызмет етиў ушын ҳәм қалаларды труплардан тазалаў
жумысларында пайдаланылған.

Иммунитет ҳаққында түсиникке ийе болыў ушын дәслеп адам организмниң

дүзилисин билиўимиз керек. Организминиң тийкарғы қурылыс материалы белок
есапланады. Негизинде тиришиликти белоклардың жасаў усылы деўге болады. Белок оғада
қурамалы дүзилиске ийе болып, ол 20 аминокислотадан турады ҳәм аминокислоталар
жайласыў аралығы менен өзгешеленеди. Аминокислоталардың ҳәм олардың жайласыўы
аралығының кодланыўы нәтийжесинже 1

2700

сандағы организмди жаратыўға болады.

Физиклер бул сан пүткил әлемниң молекуласын санаўға жетеди деген пикирди айтады.

Мине соның ушында барлық тири организмлер генетикалық жақтан өзгешеликке

ийе болып, бир-бирине уқсамайды, яғный, дүньяға бир мәрте келеди. Солай етип ҳәр бир


background image

ISSN:

2181-3906

2024

International scientific journal

«MODERN

SCIENCE

АND RESEARCH»

VOLUME 3 / ISSUE 1 / UIF:8.2 / MODERNSCIENCE.UZ

1047

организмниң қудай талам инам еткен тек өзине тән арнаўлы гербиши болады ҳәм ол клетка
деп аталады. Адам организми әне усындай клеткалардың жыйындысынан ибарат болып
эволюциялық раўажланыў басқышында клеткалар ҳәр қыйлы (200 жүзден аслам клетканың
түри бар) хызмет атқарыўга ийкемлескен. Илимпазлардың берген мағлыўматларына
қарағанда адам организми орташа 10 триллион клеткадан турады.

Иммунитеттиң тийкарғы ўазыйпасы, генетикалық жақтан бийтаныс организмлерди

ажыратып билиўи яғный, өзиникин ҳәм басқаны таныўы. Генетикалық жақтан
өзгешеликлерге ийе организмлерге (затларға) бактериялар, вируслар, әпиўайылар қуртлар,
белоклар, клеткалар, тканлар аутоанигенлер ҳәм рак клеткалары жатады. Адам
организминде күнине бир нешше жүз миллиард клетка ыдырайды (набыт болады) ҳәм
сонша клетка тазадан пайда болады.

Тилекке қарсы тазадан пайда болған клеткалардың ишинде мәлим дәрежеде

өзгериске ушыраған, (мутация болған) клеткалар ҳәм пайда болады. Ҳәзирги ўақытта
мутацияға алып келиўши факторлар көбейип кетти. Оларға радиацияны, экологиялық
өзгерислерди, аўқатлық затлардың структурасының өзгериўин ҳәм сапасының төменлеўин
т,б мысал етиўге болады. Буның ақыбетинде адамлар арасында кеселлениўшилик жийи
ушырасып,

өсимте,

аутоиммун,

аллергиялық

ҳәм

т.б.

кеселликлер

менен

наўқасланғанлардың саны күннен-күнге көбеймекте.

Мине усындай мутациялық өзгериске ушыраған генетикалық жақтан өзгешеликке

ийе клеткаларды жоқ етиў, үзип таслаў, (элиминациялаў) иммун системаның тийкарғы
ўазыйпасы есапланады. Иммунитеттиң тийкарғы мақсети организмниң ишки орталығының
сапалық турақлылығын қадағалаў. Ал иммунитеттиң жуқпалы кеселликлерге қарсы
гүресиўи болса тийкарғы функциясының ақыбети есапланады. Ҳәр бир организмде
иммунлық система генетикалық жақтан қадағаланады.[5] Негизинде ҳәр бир организмниң
генетикалық системасы сол организмниң жазмышы есапланады. Айрым адамлар жасаўшаң
ҳәм көбейиўшең болады. Соның ушында халықтың арасында узақ жасаўшы ҳәм туқым
тебериги кең тарқалған адамлар деген пикирлер бар.

Иммунологиялық хызметти арнаўлы клеткалар, тканлар ҳәм органлар системасы

атқарады. Оларға айры тәризли без, талақ, лимфа түйинлери, лимфатикалық фолликулалар,
лимфойдлық топламлар, қызыл сүйек мийиндеги ҳәм перифиялық қандағы лимфоцитлер
жатады. Бул диффуз жайласқан органның салмағы орташа 2,0 кг жақын болады. [3]

Өмирде көринис бир болады дегениндей жаратылыста душпанларда көп ҳәм

олардың ҳийлелериде көп. Соның ушында жоқары дәрежеде раўажланған организмлерде
иммунлық системаның дүзилиси ҳәм функциясы оғада қурамалы болады. (раўажланған
мәмлекетлердиң қурамалы дүзилиске ийе армиясын еслетеди). Иммунлық системаның
функциясы толық үйренилген деўге болмайды. Себеби, организм ушын бийтаныслық
қәсийетке ийе рак клеткаларының раўажланыў механизмин ҳәм аутоиммун кеселликлердиң
патогенезин толық билмеймиз, сонлықтан-да, бундай наўқасларды толық емлей алмаймыз.
Иммунитет ҳаққында сөз болғанда көп мағлыўматлар еске түсиўи мүмкин. Бирақ ең дәслеп
иммунитеттиң еки түри ҳаққында түсиникке ийе болыў керек деп есаплайман.

1-

клеткалық иммунитет

2-

гумораллық иммунитет


background image

ISSN:

2181-3906

2024

International scientific journal

«MODERN

SCIENCE

АND RESEARCH»

VOLUME 3 / ISSUE 1 / UIF:8.2 / MODERNSCIENCE.UZ

1048

Рус илимпазы И.И.Мечьников биринши болып клеткалық иммунитеттиң тийкарын

салған. Илимпаз ақ қан денешелериниң-лейкоцитлердиң фагоцитарлық функциясын
анықлаған [1].

Фагоцитоз деп, лейкоцитлер тәрепинен патоген микроорганизмлердиң орап алынып

ыдыратылыўына айтылады. Фагоцитарлық қәсийетке ийе клеткалар патоген
микроорганизмлерди, бузылған клеткаларды бийтаныс бөлекшелерди ҳәм т.б жоқ етеди.
Бул қубылыстың клеткалық иммунитет делиниўиниң себеби фагоцитарлық қубылыста
тийкарынан қан клеткалары қатнасады. Төмендеги схемада фатоцитарлық қәсийетке ийе
қан клеткалары ҳаққында мағлыўмат берилген.





`







Негизинде клеткалық ҳәм гумораллық иммунитетти бир-биринен ажыратып қараўға

болмайды, олар биргеликте тығыз байланыста хызмет атқарады [4].

Гумораллық иммунитетти биринши болып, немис илимпазы П.Эрлих баянлап

берген. Гумор суйықлық деген мәнисти билдиреди. Гумораллық теория бойынша
организмге биринши марте келип түскен бийтаныс клеткалар (патоген микроорганизмлер)
иммунокомпотент клеткалар тәрепинен антиген сыпатында қабыл етиледи ҳәм оған қарсы
организмде иммуноглобулинлер (антителалар) синтезленеди.

Организмде синтезленген арнаўлы антителалар организмиге тускен арнаўлы

антигенлер менен байланысып оларды нейтраллайды. Нәтийжеде инфекцияның
раўажланыўы тоқтайды еки иркиледи. Бирақ, буның ушын организмдеги иммунокомпотент
клеткалар генетикалық жақтан жат (бийтаныс) патоген организмлер менен бир марте
болсада дусласыўы керек, сол ўақытта арнаўлы антигенге қарсы арнаўлы антитела пайда
болады [2]. Бундай дусласыўдың еки жолын келтирип өтиўге болады.

1. Жуқпалы кеселлик пенен аўырып тәўир болыў. Бундай жағдайда тәбийғый

иммунитет пайда болады. Организмде тәбийғый жол менен пайда болған иммунитет
(антителалар) көпшилик жуқпалы кеселликлерде индивидттиң өмириниң ақырына шекем
сақланады. Натийжеде жуқпалы кеселлик пенен бир мәрте наўқасланған адам көпшилик
жағдайларда екинши мәрте аўырмайды.

ЛЕЙКОЦИТЛЕР

ГРАНУЛОЦИТЛЕР

(дәнешели лейкоцитлер)

АГРАНУЛОЦИТЛЕР

(дәнешесиз лейкоцитлер)

Нейтрофиллер

Базофиллер

Эозинофиллер

МОНОЦИТЛЕР

ЛИМФОЦИТЛЕР

ЖАС НЕЙТРОФИЛЛЕР

ТАЯҚША ЯДРОЛЫ

НЕЙТРОФИЛЛЕР

БУЎЫН ЯДРОЛЫ
НЕЙТРОФИЛЛЕР

Т-ЛИМФОЦИТЛЕР В-ЛИМФОЦИТЛЕР

-КИЛЛЕРЛЕР
-ХЕЛПЕРЛЕР
-СУПРЕССОРЛАР
-Т -КЛЕТЕАЛАР
(ЕСТЕ САҚЛАЎ)

ПЛАЗМОЦИТЛЕР

В-КЛЕТКАЛАР

(ЕСТЕ САҚЛАЎ)


background image

ISSN:

2181-3906

2024

International scientific journal

«MODERN

SCIENCE

АND RESEARCH»

VOLUME 3 / ISSUE 1 / UIF:8.2 / MODERNSCIENCE.UZ

1049

2. Белгили бир жуқпалы кеселликке қарсы арнаўлы антитела пайда етиў ушын, сол

кеселликтиң штаммасы (әззилетилген бирақ антигенлик қәсийетке ийе арнаўлы
микроорганизм) организмге жибериледи. Бундай штаммалар кеселлик шақырмайды, бирақ
организмде иммунологиялық өзгерис пайда етип арнаўлы антителалардың синтезлениўине
алып келеди, яғный жасалма иммунитет пайда болады. Буған вакцинация – жуқпалы
кеселликлерге қарсы шаншыў делинеди. Ҳәзирги ўақытта илиминиң раўажланыўы менен
жасалма (суний) вакциналар ислеп шығарылған.

Айрым ўақытлары адам организимине алдыннан таярланған арнаўлы антителалар

жибериледи. Мысал ушын, атты иммунизациялап таяр арнаўлы антителаларды алыўға
болады. Таяр арнаўлы антителалар әдетте адам организиминде иммунитет пайда етепейди,
арнаўлы инфекция менен ўақтынша гүреседи. Бундай иммунлық сывороткалар арнаўлы
инфекциялық кеселликлерди өткир дәўиринде емлеў ушын қолланылады.

Иммунологияда, биологиялық түрге байланыслы иммунитет ажыратылады, яғный

ҳәр түрдиң өзиниң жуқпалы кеселлиги болады, мысал ушын, таўықта ушырасатуғын шума
кеселлиги менен адамлар аўырмайды. Бундай мысалларды көп келтириў мүмкин.

Жүкли ҳәм емизиўли ҳаялларда иммуноглубинлер анадан балаға өтеди ңәтийжеде

көкирек жасындағы бала 6 айға шекем жуқпалы кеселликлер менен дерлик
наўқасланбайды.

Адамлар арасында туўма ҳәм арттырылған иммунодефицит жағдайлар ушырасады.

Артырылған иммунодефицит жағдайларға А.И.Ж.С/СПИД (артырылған иммун
жетиспеўшилик синдромын) мысал етиў мүмкин. АИВ/ВИЧ (адам иммун жетиспеўшилик
вируси) т-лимфоцитлерди зыянлайды нәтийжеде т-лимфоцитлердиң функциясы бузылып,
организм ҳәр қыйлы патоген микроорганизмлерди антиген сыпатында танымайды ҳәм оған
қарсы арнаўлы антитела синтезленбейди (қарсы гуреспейди) нәтийжеде АИЖС/СПИД
кеселлиги раўажланады.

Иммунология пәниниң раўажланыўы халықтың саламатлығын сақлаўда, өмирдиң

сапасын жоқарылатыўда үлкен әҳмийетке ийе. ХIХ әсирдиң басларында балаларда
ушырасатуғын жуқпалы кеселликлерден (қызылша, дифтерия полиомиелит ҳәм т.б.)
балалар өлиўшилиги оғада жоқары болған. Эпидемия ўақтында айрым шаңарақларда 2-3
бала өмирден көз жумған.

Айрыкша қәўипли кеселликлер эпидемияға ҳәттеки пандемияға айланып адамлар

қырылып қалған. Ҳәзирги ўақытта бул кеселликлер иммунология илиминиң раўажланыўы
нәтийжесинде әмелге асқан шаншыў (вакцинация) жолы менен емленеди. Иммунологиялық
қадағалаўдан шетлеп өтетуғын рак клеткаларының раўажланыўының сырлы патогенези
иммунологиялық процесслердиң ишинде жасырынғанлығы илимий болжаўға жақын
келеди.

Жуўмақлап айтқанда, иммунология илиминиң раўажланыўы биология ҳәм медицина

илиминиң раўажланыўына үлкен үлес қосады.

REFERENCES

1.

Мечников И.И. «Невоспримчивость в инфекционных болезнях» 34 ст. 1903 г.

2.

Незлин Р.С. «Строение и биосинтез антител» 1972 г.


background image

ISSN:

2181-3906

2024

International scientific journal

«MODERN

SCIENCE

АND RESEARCH»

VOLUME 3 / ISSUE 1 / UIF:8.2 / MODERNSCIENCE.UZ

1050

3.

Петров Р.Б. «Иммунология» М. Медицина 1987 г.

4.

Фонталин Л.Н. «Иммунологическая реактивность лимфойдных оргонов и клеток».
Л. 1967 г.

5.

Эфроимеон В.П. «Иммуногенетика» М. 1977 г.

6.

Tolibayevich S. T. Physical Education as the Main Tool in the Improvement of Health
Technologies //American Journal of Science on Integration and Human Development
(2993-2750). – 2023. – Т. 1. – №. 10. – С. 7-10.

7.

Tolibayevich S. T. Innovative Technologies of Students' Health Care //Information
Horizons: American Journal of Library and Information Science Innovation (2993-2777). –
2023. – Т. 1. – №. 10. – С. 16-19.

References

Мечников И.И. «Невоспримчивость в инфекционных болезнях» 34 ст. 1903 г.

Незлин Р.С. «Строение и биосинтез антител» 1972 г.

Петров Р.Б. «Иммунология» М. Медицина 1987 г.

Фонталин Л.Н. «Иммунологическая реактивность лимфойдных оргонов и клеток». Л. 1967 г.

Эфроимеон В.П. «Иммуногенетика» М. 1977 г.

Tolibayevich S. T. Physical Education as the Main Tool in the Improvement of Health Technologies //American Journal of Science on Integration and Human Development (2993-2750). – 2023. – Т. 1. – №. 10. – С. 7-10.

Tolibayevich S. T. Innovative Technologies of Students' Health Care //Information Horizons: American Journal of Library and Information Science Innovation (2993-2777). – 2023. – Т. 1. – №. 10. – С. 16-19.

inLibrary — это научная электронная библиотека inConference - научно-практические конференции inScience - Журнал Общество и инновации UACD - Антикоррупционный дайджест Узбекистана UZDA - Ассоциации стоматологов Узбекистана АСТ - Архитектура, строительство, транспорт Open Journal System - Престиж вашего журнала в международных базах данных inDesigner - Разработка сайта - создание сайтов под ключ в веб студии Iqtisodiy taraqqiyot va tahlil - ilmiy elektron jurnali yuridik va jismoniy shaxslarning in-Academy - Innovative Academy RSC MENC LEGIS - Адвокатское бюро SPORT-SCIENCE - Актуальные проблемы спортивной науки GLOTEC - Внедрение цифровых технологий в организации MuviPoisk - Смотрите фильмы онлайн, большая коллекция, новинки кинопроката Megatorg - Доска объявлений Megatorg.net: сайт бесплатных частных объявлений Skinormil - Космецевтика активного действия Pils - Мультибрендовый онлайн шоп METAMED - Фармацевтическая компания с полным спектром услуг Dexaflu - от симптомов гриппа и простуды SMARTY - Увеличение продаж вашей компании ELECARS - Электромобили в Ташкенте, Узбекистане CHINA MOTORS - Купи автомобиль своей мечты! PROKAT24 - Прокат и аренда строительных инструментов