Инглис ҳәм қарақалпақ тиллериндеги интеллектуаллық искерликти геўделендириўши субстантив фразеологиялық бирликлердиң структуралық өзгешеликлери
Инсанның интеллектуаллық искерлиги көплеген пәнлердиң, атап айтқанда психология, философия, физиология ҳәм, әлбетте, филологияның үйрениў объекти болып табылады. Тил билими шеңберинде когнитив искерлик, яғныйпикирлеў процеслериниң геўделениў қәсийетлерин анализ етеди, сондай-ақ лингвомәденияттаныў аспекти көзқарасынан инсанның когнитив қәбилетлерин аңлатыўдағы мәдений өзгешеликлеризертленеди. Бул мақсетте илимпазлар ушын фейил фразеологиялық бирликлер үлкен қызығыўшылық оятады. Бунда олардың интеллектуал операцияларының бөлек басқышлары ҳәм түрлерине атамалар менен анықлама бериўи арқалы өзгешеленеди.