ШАЙЫР ӨСЕРБАЙ ӘЛЕЎОВТЫҢ ӨМИРИ ҲӘМ ДӨРЕТИЎШИЛИК ХЫЗМЕТИ

HAC
Google Scholar
To share
Xaydarov , M. . (2024). ШАЙЫР ӨСЕРБАЙ ӘЛЕЎОВТЫҢ ӨМИРИ ҲӘМ ДӨРЕТИЎШИЛИК ХЫЗМЕТИ. Modern Science and Research, 3(1), 1462–1470. Retrieved from https://inlibrary.uz/index.php/science-research/article/view/28062
Crossref
Сrossref
Scopus
Scopus

Abstract

“ХХ әсирдиң белгили алымы”, (Лондон, 2001) Қарақалпақстан республикасына хызмет көрсеткен илим ғайраткери, педагогика илимлериниң докторы, профессор, халық аралық «Antique World» илимлер академиясының академиги, шайыр Өсербай Әлеўов Орайлық Азия халықлары шайыр-ойшылларының әдебий мийрас-ларындағы жәмийетлик-философиялық ҳәм педагогикалық ой-пикирлерди изертлеў менен шуғылланыўшы жетекши алымлардың бири.

Similar Articles


background image

ISSN:

2181-3906

2023

International scientific journal

«MODERN

SCIENCE

АND RESEARCH»

VOLUME 2 / ISSUE 12 / UIF:8.2 /MODERNSCIENCE.UZ

1462

ШАЙЫР ӨСЕРБАЙ ӘЛЕЎОВТЫҢ ӨМИРИ ҲӘМ ДӨРЕТИЎШИЛИК ХЫЗМЕТИ

Mamat Eshqulovich Xaydarov

Nizomiy nomidagi TDPU p.f.d.professori

https://doi.org/10.5281/zenodo.10508887














“ХХ

әсирдиң белгили алымы”, (Лондон, 2001) Қарақалпақстан республикасына

хызмет көрсеткен илим ғайраткери, педагогика илимлериниң докторы, профессор, халық
аралық «Antique World» илимлер академиясының академиги, шайыр Өсербай Әлеўов
Орайлық Азия халықлары шайыр-ойшылларының әдебий мийрас-ларындағы
жәмийетлик-философиялық ҳәм педагогикалық ой-пикирлерди изертлеў менен
шуғылланыўшы жетекши алымлардың бири.

Болажақ алым 1945-жылы 27-майда Қарақалпақстандағы Кегейли районының

ҳәзирги

«

Дәрўаза қум

»

хожалығына қараслы

«

Тентек жап

»

бойындағы

«

Әйтеке

»

аўылында туўылған. Әкеси Әлеў (Әлеўатдин мақсым) Қәлийла улы Хийўа медресесинде
тәлим алған, аўылдың улама ақсақалларының бири еди. Ол ўақытлары диний
саўатлылықтың әҳмийети жоқлығынан аўыл хожалығындағы ҳәр қыйлы жумысларға
басшылық етип жүрген. Турмыс гәрдиши менен болажақ алымның шаңарағы 1953-жылда
Хожели районын-дағы ҳәзирги

«

Ақ алтын

»

хожалығындағы Сарышүңгил аўылына көшип

барады.

Ө.Әлеўов 1963 -жылы Хожелидеги Свердлов атындағы орта мектепти питкерип,

сол жылы Қарақалпақ мәмлекетлик педагоги-калық институтының тарийх-филология
факультетиниң қарақалпақ филологиясы бөлимине оқыўға киреди. Студент ўақтынан-ақ
болажақ шайыр ҳәм алым пединституттағы «Қара таў» әдебий дөгерегине қатнасып, сол
гездеги студентлер, соңғылығында елимизге белгили шайыр ҳәм алымлар болған
Қ.Камалов, С.Баҳадирова, К.Рахманов, Ә.Атажанов, Т.Халмуратов, Ө.Хожанов,
Ж.Хошниязов, т.б. биргеликте әдебияттың көп қырлы сырларын үйренди, респбликалық
газета ҳәм журналларда өз қосықларын ҳәм мақалаларын жәриялай баслады. Студентлер
менен жас әдебиятшы алымлар арасында өткерилген илимий-теориялық конференция-


background image

ISSN:

2181-3906

2023

International scientific journal

«MODERN

SCIENCE

АND RESEARCH»

VOLUME 2 / ISSUE 12 / UIF:8.2 /MODERNSCIENCE.UZ

1463

ларда әдебият пәни бойынша докладлар жасады, әдебий-критика-лық мақалалар
жәриялады.

1

Болашак шайыр ҳәм алым Ө.Әлеўов 1965 жылы августа Нөкис мәмлекетлик

педагогиалық институтынын 3-курсында окып атырған студентлик топары менен сол
гездеги жас муғаллим, соңғылығында белгили алым проф К.Мәмбетов ҳәм оқытыўшы
О. Сейитовлардың басшылығында Мойнақ районы аўылларында фольклорлық
экспедицияда болды, ел арасынан халық аўыз әдебиятына ҳәм классик шайырларымызға
тийисли көпкана әдебий мийрасларды жыйнады. Бул әдебий экспедиция оның өмиринде
үлкен из қалдырды. Болашақ шайыр ҳәм алым Ө.Әлеўов усы экспедицияда жүрип
Бердақтың дөретиўшилигине тийисли бурын баспа сөзде жәрияланбаған «Излер едим»
қосығының жаңа вариянтын таўып, Әмиўдәрья журналында жәриялаўға ерисиўи Бердақ
таныў саласындағы үлкен жетискенлик болды

2

. Сондай-ақ оның усы әдебий экспедицияда

жүрип шайыр Күнхожаның «Көринбес» атлы қосығының жаңа вариянтын табыўы

3

,

Күнхожа дөретиўшилигин оғада бай мағлыўматлар менен байытыў болып табылды. Ал,
шайыр тәрепинен Әжинияздың көпқана шығармалар-ының жазып алынып, баспа сөзде
жарық қөриўи, әсиресе, «Демишлер» қосығының жаңа варианының оқырманларға
усынылыўы

4

, сондай-ақ Қыдырнияз шайыр дөретпелерин халық арасынан жазып

алыўлары бул шайыр ҳәм алым Ө.Әлеўов тәрепинен қарақалпақ көркем сөз
шеберлериниң мийрасларын жыйнаўға қосылған белгили дәрежедеги үлеси еди.

Шайыр Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтын 1967-жылы қәнигелиги

бойынша терең билим ийелеў менен тамамлады. Студентлик дәўиринен-ақ әдебиятқа
қумар Ө. Әлеўов бәрқулла өз билимин арттырыў мақсетинде жүрди. 1970-жылы
Ташкенттеги педагогика илимин изертлеў институтына педагогика теориясы ҳәм тарийхы
қәнийгелиги бойынша аспирантураға кирди. Оған белгили алым, Өзбекистан ҳәм
Қарақалпақстан республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери, педагогика
илимлериниң докторы профессор Ж.А. Орынбаев илимий басшы болып, халқымыздың
атақлы шайыр-ойшылына бағышланған

«

Бердақтың педагогикалық көз қараслары

»

деген

темада изертлеў жумысын алып барды. Шайыр Ө. Әлеўовтың қарақалпақ әдебияты
тарийхына тийисли мийрасларды үйрениў ислери енди педагогика, философия илими
менен беккем байлан-ыслылықта алып барылды. Тиянақлы әдебий билимге ийе алым бул
жерде уллы шайыр Бердақтың әдебий- илимий мийрасларын жән-жақлама изертлеўди
нәзерде тутып, шайырдың жәмийетлик-педагогикалық,философиялық ой-пикирлериниң
тарийхый-идеялық дереклери, дүньяға көз қарасының қәлиплесиўи және жаслардың
камалға келиўине тәсир етиўши дереклер, сондай-ақ жасларды ағартыўға,
адамгершиликке, эстетикалық жақтан тәрбиялаўға байланыслы дөретпелеринде айтылған

1

Ө. Әлеўов

. Турмысты терең билмей. // Газ. Совет қарақалпақстаны. 1964. 23-май.;

Ө. Әлеўов

. «Замира»

зериктирип жибердиғой. // Газ. Совет қарақалпақстаны. 1964. 23-декабрь. т.б.

2

Ө.Әлеўов

. Бердақтың «Излер едим» қосығы ҳаққында. // Әмударья - 1976. № 12.

3

Ө.Әлеўов

. Күнхожаның «Көринбес» атлы қосығы ҳаққында.// «Қарақалпақстан жаслары» газетасы. 12-

апрель, 2018- жыл.

4

Ө.Әлеўов

.

Әжинияздың жанадан табылған

қосықлары. // Әмударья. 1993. № 3.;

Ө.Әлеўов

. Әжинияздың

жаңадан табылған қосықлары. // Қарақалпақстан жаслары. 1997. 9-Октябрь.


background image

ISSN:

2181-3906

2023

International scientific journal

«MODERN

SCIENCE

АND RESEARCH»

VOLUME 2 / ISSUE 12 / UIF:8.2 /MODERNSCIENCE.UZ

1464

пикирлери илимий таллаў жасалынған кандидатлық диссертациясын 1974 -ж. Низамий
атындағы Ташкент мәмлекетлик пединститутының қәнигелестирилген илимий кеңесинде
табыслы қорғады.

Ол 1970-жылдан 1983-жылға шекем Өзбекистан педагогика илимин изертлеў

институтының Қарақалпақстандағы филиалында илимий хызметкер, илимий хаткер
лаўазымларында иследи. 1983-жылы Нөкис мәмлекетлик университетиниң педагогика
ҳәм психология кафедрасында үлкен оқытыўшы хызметине өтеди. Оған 1988-жылы
доцент илимий атағы берилди.

Университет қурамында педагогика ҳәм баслаўыш тәлим методикасы

факултетиниң ашылыўына байланыслы 1989-жылы университеттеги баслаўыш тәлим
педагогикасы ҳәм психологиясы кафедрасының дәслепки шөлкемлестириўшиси ҳәм
кафедра баслығы болып тайынланды. 1990-жылы университет қурамынан жаңадан Нөкис
мәмлекетлик

педагогикалық

институты

ашылған-нан

кейин,

ол

қайтадан

шөлкемлестирилген пединистутта усы кафедраға басшылық жумысын даўам еттирди.

Алым 1992-1995 жыллары пединституттың мектепке шекемги тәрбия ҳәм музыка

факултети деканы болып иследи.

Ө.Әлеўов тек Қарақалпақстан ушын емес, ал узақ ҳәм жақын шет еллердеги

илимпазлар ушын да қызықлы болған Орайлық Азия халықлары шайыр-ойшылларының
әдебий мийрасларындағы жәмийетлик-философиялық ҳәм педагогикалық ойларды
изертле-ген жигирмадан аслам монография ҳәм оқыў қолланбалары-ның, 300 ден аслам
илимий мақалалардың авторы. Ол дүнья жүзи алымлары өз пикирлерин билдирген халық
аралық симпозиумлар менен конфернцияларда (Нью-Йорк- 1991, Термиз-1995. Ташкент-
1996 Москва-2002), илимий усынысларын айта алған, Орайлық Азия халықлары шайыр-
ойшыллары дөретпелериндеги философия-лық, тәлим-тәрбиялық ой-пикирлерге,
тәрбиялық дәстүрлерге, шайырлар мийрасының бай тәрбиялық дереклер екенлигине
дүнья жүзи халықлары алымларының дыққатын қарата билген илимпаз.

Оның

«

Россия педагогикасы энциклопедиясында

»

(1993. том 1) «Қарақалпақстан»

атлы мақаласының басылып шығыўы қарақалпақ халқының маденияты, халық
билимлендириўи тарийхы бойынша дүнья зыялыларына мағлумат бериўи менен көзге
түскен еди. Алымның тиккелей Орта Азия халықлары әдебияты тарийхы менен
байланысқа ийе

«

Бердақтың жәмийетлик-педагогикалық көзқараслары

»

(Нөкис 1978),

«

Әжинияздың ағартыўшылық ойлары

»

(Нөкис 1983),

«

Әйемги Орта Азия халықларының

педагогикалық ойлары

»

(Нөкис 1987),

«

Ертедеги түрк жазыўларындағы тәлим-тәрбиялық

көз қараслар

»

(Нөкис 1989),

«

XIX әсирдиң ақыры ХХ әсирдиң басындағы қарақалпақ

әдебиятындағы ағартыўшылық пикирлер

»

(Нөкис 1992),

«

Қарақалпақстанда тәлим-

тәрбиялық ойлардың қәлиплесиўи ҳәм раўажланыўы

»

(Әйемги дәўирден баслап ХХ

әсирдиң 30-жылларына шекем) (Нөкис 1993), «Становление и развитие педагогической
мысли в Каракалпак-стане», (Нукус. «Билим», 1996),

«

Амир Темурдың жәмийетлик

философиялық ҳәм тәлим-тәрбиялық ой-пикирлери

»

(Нөкис 1997),

«

Кунхожа ҳәм оның

пикир дүньясы

»

(Нөкис 1997), «Ахмад Югнакийнинг мероси-маънавиятимиз

сарчашмаси», (Тошкент-2002), «Обшественно –педагогическая мысль древних тюрков»,
(Ташкент.: Фан, 2007), «Қарақалпақстанда педагогика илиминиң қәлиплесиўи ҳәм


background image

ISSN:

2181-3906

2023

International scientific journal

«MODERN

SCIENCE

АND RESEARCH»

VOLUME 2 / ISSUE 12 / UIF:8.2 /MODERNSCIENCE.UZ

1465

раўажланыўы» (Ташкент: “Фан ва технология” 2007), «VI-VIII ғасырдағы түрки
халықтарының тәлим-тәрбиелик ой пикирлнри», (Ташкент: Фан. 2008. қазак тилинде),
«Қорақалпоғистонда жадитчилик ҳаракати ва Сейфулғабит Мажидов» (Т.: Фан. 2010),
«Сасық бийдиң сиясий-ҳуқықый көзқараслары» (Нөкис. 2015) т.б. китапларында әйемги
дәўирдеги Орайлық Азия халықларындағы әдебият тарийхына тийисли мийраслар ҳам
фольклорлық, этнографиялық дереклер тийкарында тәлим-тәрбияның пайда болыўы
мәселелери,

«

Авесто

»

дағы, ертедеги түрк руналық жазыўларындағы жәмийетлик-

философиялық, эстетикалық көзқараслар, сондай-ақ, Имом Бухарий, ат Термизий, Абу
Абдулла Рудаки, Әл-Фарабий, Әл Беруний, Ибн Сина, Юсуф Хас Хажиб, Аҳмед
Югнакий, Хожа Аҳмед Яссаўий, Сулайман Бақырғаний усаған алым-уламалардың,
Сыпыра жыраў, Асан қайғы, Жийренше шешен. Доспамбет, Жиен жыраў, Кунхожа,
Ажинияз, Бердақ, Өтеш, Омар, Аяпберген, Сейфулғабийт Мажитов, Әбдиқәдир Бекимбет
улы, Х.Ахметов ҳәм басқа да көплеген шайыр-ойшыллардың әдебий мийрасларында орын
алған жәмийетлик-философиялық ҳәм ағартыўшылық пикирлериниң изертлениўи
Орайлық Азия халықларының әдебий мийрасларын, жәмийетлик ой-пикирлери
тарийхын үйрениўдеги үлкен үлеси болды. Әсиресе, алымның ХУШ әсирдеги қарақалпақ
халқының уллы шешен-бийи Сас (Сасық) бий дөреткен әдебий дереклерди қарақалпақ
әдебияты тарийхына енгизиўи, Тәўке ханның тапсырмасы менен қазақ, қарақалпақ
халықларына теңдей ортақ «Жети жарғыны» жаратыўға төбе бий сыпатында басшылық
етиўи, ҳәм халкымыз-дың бай шешенлик өнерин жетилистириўдеги хызметлери алым
тәрепинен айрықша нәтийжели изертлениўге ерисилди.

Алымның академик Ж. Базарбаев пенен биргеликте жаратқан

«

Мавераннаҳр

халықлары педагогикасы

»

(Өзбек халқының педаго-гикасы тарийхы) бағдарлама-

концепциясы ғәрезсиз мәмлекетлер аўқамы көлеминдеги педагог-алымлар арасында 1992
жыл Москвадағы Мәденият ҳәм халық қәдириятлары Академиясы және Өзбекистан
халық билимлендириў министирлиги тәрепинен өткерилген конкурста биринши орынды
жеңип алып, оқыўлық программасы сыпатында пүткил Өзбекистандағы педагогикалық
жоқарғы оқыў орынларында үйрениў ушын енгизилди. (Ташкент 1994ж). Сондай-ақ алым
Қарақалпақстанның жаңа тарыйхын (2000 ж.) жаратыўға да белсенди қатнасып, оның
авторлығында қарақалпақ шайырларының әдебий мийраслары негизинде

«

XIX әсир

ақыры XX әсир басындағы Қарақалпақстандағы жәмийетлик ой-пикирлер

»

бөлими

жазылды.

Орайлық Азия халықларының әдебий мийраслары негизинде шайырлардың

жәмийетлик-философиялық ҳәм педагогикалық ой-пикирлерин изертлеў тараўында
айрықша жетискенликлерге ийе болған алым, 1995 жылы Низамий атындағы Ташкент
мәмлекетлик педагогикалық институтының докторлық илимий дәреже бериўши
қәнигелестирилген кеңесинде акадимик С.Шермухамедов басшылығында

«

Қарақалпақ-

станда тәлим-тәрбиялық ойлардың қәлиплесиўи ҳәм раўажланыўы

»

(Ең әйемги дәўирден

ХХ әсирдиң 30 жылларына шекемги аралық) деген темадағы оғада үлкен монографиясы
тийкарында (Нөкис

«

Билим

»

, 1993. Көлеми 35,7 б.т.) педагогика бойынша докторлық

диссертация жақлаўға еристи.


background image

ISSN:

2181-3906

2023

International scientific journal

«MODERN

SCIENCE

АND RESEARCH»

VOLUME 2 / ISSUE 12 / UIF:8.2 /MODERNSCIENCE.UZ

1466

Тәрбияның питекантроплық, синантроплық ҳәм неандертал-лық дәўирлерден

қәлиплесиўин Орта Азия фольклоры, этногра-фиясы материаллары тийкарында туңғыш
изертлеўге ерискен, педагогика ҳәм әдебият тарихин үйрениўге үлкен үлес болып
қосылған усы монография-диссертациясына тарийх, филолгия, философия ҳәм
педагогика илиминиң ири ўәкиллери: С.Камалов, Ж.Базарбаев, Ә.Пахратдинов
С.Ахметов, Қ.Мақсетов, Г.Н.Волков, А.Э.Измайл-ов, С.Раджабов, С.Шермухамедов,
А.Ю.Сейдов, Я.И Ханбиков, Қ.Б.Жарикбаев, Б.К.Момынбаевлар оғада жоқары баҳа
берген еди.

Алымның монография-диссертациясы алдына қойған мақсети бойынша тарийхый-

археологиялық, ески әдебий жазба мийраслар ҳәм архив мағлуматлары тийкарында,
алымлар менен шайыр ойшыллардың жаслар тәрбиясы ҳаққындағы көз қараслары
негизинде, Орайлық Азиядағы, сондай-ақ, қарақалпақ үлкесиндеги әйемги дәўирден
баслап ХХ-әсирдиң 30-жылларына шекемги болған тәлим-тәрбиялық ой пикирлердиң
қәлиплесиўиниң өзине тән жоллары менен раўажланыўын илимий жақтан изертлеўди
әмелге асырған.

Ҳәр бир халықтың тәлим-тәрбиялық ой-пикирлериниң қәлиплесиўи ҳәм

раўажланыўының өзине тән тарийхий басқышлары, дүзилиси, этникалық жақтан келип
шығыўы менен байланысқа ийе өзгешеликлери болады. Ө.Әлеўовтың бул монография-
диссертациясы усы бағдарды нәзерде тутып, бай илимий педагогикалық тәжирийбелер
арқалы университет ҳәм пединиститут студентлериниң, мектеп оқытыўшылары менен
ата-аналардың ҳәзирги ўақыттағы тәрбия мазмунын терең түсинип алыўына, тәрбиялық
жумысларды нәтийжели жүргизиўине, өз халқына өтмиште қандай әдебий–
педагогикалық дереклер тийисли болғанын аңлаўына ҳәм өзлериниң бай мәдений
мийрасларды жаратқан халықтың әўладлары екенлигин түсинип жасаўына, буны жәнеде
раўажландырыўға умтылып өмир сүриўине күш-жигер беретуғын оғада қымбатлы мийнет
қатарына кирди. Соңғы жылларда бундай дәрежеде фундаментал илимий мийнет дөретиў
Орайлық Азия педагог алымлары арасында проф. Ө. Әлеўовқа ғана миясар болғанлығы
мәлим. Ол биринши мәрте Орайлық Азия алымлары арасында комплекисли ҳәм толық
көлемде әйемги питекантроп, синантроп ҳәм неандерталлық дәўирлерге тийисли
қәўимлик жәмийеттен баслап ХХ-әсирдиң 30-жылларына шекемги (Орта Азия ҳәм
қарақалпақ халқы фольклоры, әдебий мийраслары, этнографиясы мысалында) тәлим
тәрбиялық ой-пикирлердиң қәлиплесиўи ҳәм раўажланыўы концепциясын жаратты. Алым
бул проблеманы шешиўде үлкен мәселе, Орайлық Азия халықларының педагогикалық
ойларының қәлиплесиўи дереклерин бир дизимге салып, бул үлке халықлары
педагогикасы тарийхын жаңа мағлыўматлар менен байытыўға еристи ҳәм
илимпазларымыз ушын әдебият ҳәм педагогика тарийхын изертлеўдиң баҳалы
методологиялық үлгисин жүзеге келтирди.

Сөз етип отырған мийнетте қарақалпақ халқының әдебий мийрасларда

баянланылған тәлим-тәрбиялық ой-пикирлериниң қәлиплесиўиниң бай идеялық
дереклерге ийе екенлиги ҳәм раўажланыў этапларының басқышпа-басқыш өзине тән
тарийхы жаратылып, өтмиштеги шайыр- ойшыллардың бай тәжирийбелерге ийе


background image

ISSN:

2181-3906

2023

International scientific journal

«MODERN

SCIENCE

АND RESEARCH»

VOLUME 2 / ISSUE 12 / UIF:8.2 /MODERNSCIENCE.UZ

1467

ағартыўшылық көз-қарасларынан пайдалана отырып, ҳәзирги тәлим-тәрбия мазмунын
милий қадириятлар тийкарында шөлкемлс-тириў зәрүрлиги көрсетилген.

Проф. Ө. Әлеўов 1994-1997-жыллары Нөкис мәмлекетлик педагогикалық

иниституты қасынан

«

Қарақалпақ халқының этнопедагогикасы

»

атлы илимий

лаборотория шөлкемлестирип, бунда өз шәкиртлери менен Қарақалпақ халқының
этнопедагогика-сының өзине тән өзгешелик-лерине бағышланған илим-изертлеў
жумысларын да алып барды. Алымның орта арнаўлы педагогика-лық оқыў орынлары
ушын биринши рет

«

Қарақалпақ балалар әдебияты

»

(Нөкис1984) бағдарламасын жазып

шығыўға ерискенлигин де айтып өтиў орынлы.

Алым өз илими тараўы бойынша көпкана филолог ҳәм педагог алымлар менен

дослық байланыста ҳәм дөретиўшилик қарым-қатнаста болды. Олардың айырымлары
проф. Ө. Әлеўовты қәлемлес достымыз десе, гейпаралары оны өзлериниң устазы
сыпатында хүрмет қылады.

Проф. Ө. Әлеўовтың илимий басшылығында бир илим докторы (Т Өтебаев), он

илим кандидаты жетилисип шықты. Ҳәзирги ўақытта алымның жетекшилигинде
доктарантлар изерт-леў жумысларын алып бармақта.

Проф. Ө. Әлеўов билимлендириў хызметкерлери ҳәм әдебиятшы алымлар сүйип

оқыйтуғын “Өзбекстан ИА Қарақалпақстан бөлиминиң хабаршысы”, “Муғаллим ҳәм
үзликсиз билимлендириў”, «Илим ҳәм жәмийет», «Қарақалпақ мәмлекетлик университети
хабаршысы»,

«

Халық тәлими

»

т.б. көплеген журналлардың редколлегия ағзасы

сыпатында да әдебияттағы педагогикалық, адебий-эстетикалық машқалаларды изертлеў
жумысларын және де жетилистириўге белсендилик пенен қатнаспақта.

Сондай-ақ, алым Низами атындағы Ташкент мәмлекетлик педагогикалық

университети жанындағы педагогика теориясы ҳәм тәрбия усыллары бойынша
қәнигелестирилген илимий кеңестиң, Қары Ниязий атындағы Өзбекстан Республикасы
илимлер Академ- иясының Қарақал-пақстан бөлиминдеги Ўатан тарийхы бойынша
қәнигелестирилген Илимий Кеңестиң ағзасы, сондай-ақ НМПИ жанындағы қәнийгелес-
тирилген илим докторы дәрежесин бериўши илимий кеңестиң баслығы орынбасары
сыпатында да илим изертлеў жумысларының, жақланып атырған диссертациялардың
сапалы болыўына өзиниң үлесин қосып келди.

Илимпазға илимдеги жетискенликлери ҳәм тәлим-тәрбия ислериндеги табыслары

ушын 2000 ж. профессор илимий атағы берилди. 2006. Халық аралык Antiquе World
илимлер Академиясының ҳүрметли академиги және усы Академияның лауреаты (2009)
болыўы алымның илимий хызметлериниң халык-аралық көлемде тән алыныўы еди.

Проф. Ө.Әлеўов педагогика тарийхын изертеў бойынша өзиниң илимий мектебине

ийе болған Орайлық Азиядағы белгили алымлар катарына киреди.

Академик Ө.Әлеўов зайыбы Зинахан Қутлымуратова менен (врач) биргеликте үш

қызды тәрбиялап, ержеттириўге еристи. Қызлары: Гүлистан, Гулжахан ҳәм Раўшанайлар
юридикалық қәнийгеликлерди ийелеп, ҳәзир ҳуқық тараўларында хызмет ислемекте.

Проф. Ө. Әлўовтың илим саласындағы, кадр таярлаў исиндеги хызметлери ел

басшылары тәрепинен елеўсиз қалдырылмады. Көп жыллық илимий жумыслардағы
табыслары инабатқа алынып еки мәрте Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңеси


background image

ISSN:

2181-3906

2023

International scientific journal

«MODERN

SCIENCE

АND RESEARCH»

VOLUME 2 / ISSUE 12 / UIF:8.2 /MODERNSCIENCE.UZ

1468

Президумының (1977, 1994) ҳүрмет жарлығын алыўға миясар болды. Илимпаз өмиринде

«

Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен илим ғайраткери

»

атағының

берилиўи (2001 жыл), сондай-ақ, оның өңирине 2018 –жылы «Фидакорана хизматлари
учун» ордениниң тағылыўы илимий –әдебий хызметлерине берилген оғада жоқары баҳа
еди.

Алымның өмири ҳәм дөретиўшилигине

«

Өзбек педагогикасы антологиясы

»

нан

(Ташкент-1999), «Педагогикалық энциклопедиядан» (Ташкент, 2015. 1 том.) орын
берилиўи, оның илимдеги жетискенликлери жоқары дәрежеде болғанлығының, илимий
мийнетлеринде шайыр-ойшыллардың дүньяға көзқарасын, ағартыўшылық ойларын,
әдебий-эстетикалық пикирлерин изертлеўдеги табыслары жоқары болғанлығының
арқасында еди.

Әсиресе жер жүзиндеги ең уллы жоқарғы оқыў орнының бири, Англиядағы

Кембридж университети жанындағы дунья алымларының биографиясын үйрениўши
Халық аралық Орайы тәрепинен проф. Ө. Әлеўовқа педагогика ҳәм әдебият тарийхын
изертлеўдеги қосқан үлеслерин есапқа алып,

«

ХХI әсирдиң белгили алымы

»

атағын

бериўи (Лондон 2001ж.) ҳәм

«

ХХI әсирдиң белгили адамлары

»

атамасындағы үлкен

энциклопедияға өмир баяны менен илимий дөретиўшилигиндеги жетискенликлер
туўралы мағлыўматлардың енгизилиўи, оның әсиримиздеги көрнекли педагог-әдебиятшы
алымлардың бири болғанлыгына айқын гүўалық береди.

Оның көркем әдебий дөретиўшилиги де өз жетискенликлерине ийе. Өсербай

Әлеўов студент гезлеринен-ақ (1965-1970) шайыр сыпатында таныла баслаған еди.
Шайырдың сол жыллары «Әмиўдәрья» журналында ҳәм «Әмиў гүллери» қосықлар
топламында сондай-ақ, республикалық газеталарда көп ғана қосыклары жарық көрди.
«Мазлумхансулыў» поэмасының «Әмиўдәрья» журналының 1979-ж. № 5 санында
жәрияланыўы қәлеми ысылған шайыр сыпатында танылғанының белгиси еди. Поэмаға
ўақтында проф. С.Ахметов ҳәм доц. Ж.Есеновлардың жоқары баҳа бергенлиги мәлим

5

.

Шайырдың 2017-жылы баспадан шыққан «Мазлумхансулыў» атлы поэма ҳәм

косыклар топламы

6

, сондай-ақ, 2018 жылы шыққан «Пикир дүньям» атлы қосықлар

жыйнағы

7

да өз оқыўшылары тәрепинен жақсы күтип алынды.

Ө.Әлеўов соңғы гезлерде изин үзбей «Әмиўдәрья» журналы ҳәм «Еркин

қарақалпақстан»,

«Қарақалпақ

әдебияты»,

«Қарақалпақстан

мәденияты»,

«Қарақалпақстан жаслары» газеталарында көпғана қосықларын жәриялап келмекте.
Оның үшинши қосықлар топламы- «Сезимлерим» (2019) китабында шайыр ҳешкимге
уқсамайтуғын өзине тән поэзияда жолына ийе екенлигин көрсете билгенлиги менен көзге
тасланады. Ол қарақалпақ поэзиясын еркин пикирге ийе ойшыллық пенен байта
алыўшылығы ҳәм лирикалық қосық жазыў қағыйдасын әмелде орынлап көрсетип
бериўшилиги менен өзгешеленип турады.

5

С. Ахметов. Ҳәзирги позия ҳаққында ойлар. // Әмиўдәрья. 1982. № 6. 101 бет.

6

Тилеўниязова Г.Б. Лирикалық дүркинлердеги композициялық бирлик мәселесине. // Вестник

каракалпакского государственного университета. Нукус. 2018. № 2.166-168 б.

7

К.Қурамбаев. Олимликдан –шойрликка. «Қарақалпақ әдебияты» газетасы, 2019. Март.


background image

ISSN:

2181-3906

2023

International scientific journal

«MODERN

SCIENCE

АND RESEARCH»

VOLUME 2 / ISSUE 12 / UIF:8.2 /MODERNSCIENCE.UZ

1469

Поэзия ҳәм сезим өтлесип кеткен уғымлар. Инсанды сезим жанландырады,

ҳәрекетке келтиреди. Инсан сезими адамдағы теңи-тайы жоқ ишки руўхый дүньяны
қозғалысқа салыўшы дерек. Буны шеберликпенен жайғастырыў лазым.Усы қубылысты
шайыр белгили дәрежеде аңлай алған сияқлы.

Сезгенлерим толып кетти,
Шатасты…
Ишке салсам туйғыларым жанды жер...
Ақырында қосык болып жайғасты.

Жүрегимди қыйнап жүрген сезимлер.

Шайырға тәсир жасаған сезимлерде өмирдиң мазмуны, турмыстағы ҳақыйқатлық,

адамгершилик, адамның өзин-өзи аңлаўы, о дүнья сырларын билиўге умтылыўы, дүньяға
келиўдеги мақсетин абайлаўы, өлимниң бар екенлигин түсиниўи, инсанның жәмийеттеги
орны сияқлы философиялық уғымлар жийи орын алған. Қосықтағы пикирлер тәбийий
түрде қандай ағыс пенен келсе сол бағдарда жуўмақланған. Бул жуўмақлар адам
сезимине қозғаў салмай тынбайтуғын жуўмақлар...

Шайырдың дөретпелери адамның жан сезимин оятып, инсанға дүнья, жаратылыс

және тиришилик ҳаққында жаңаша ой туўғызыўға, салмақлы пикирлерге берилдириў ҳәм
қосықларының бәнт басарындағы ой шешимлерин оқыўшының өзи излеп табыўға умтыл-
дырыў жетискенликлерине ийе

8

. Оның дөретпелери поэзия ышқыпазлары ушын

эстетикалық заўық бағышлаушылығы менен үлкен қунлылыққа ийе. Шайыр
«Сезимлерим» китабы ушын «Жазыўшы ҳәм шайырлардың көркем шығармалары»
бойынша Өзбекстан көлеминде өткерилген «Энг улуғ, энг азиз» атамасындағы таңлаўда
екинши орынды ийелеўге миясар болған еди.

9

Ө. Әлеўовтың шығармаларында дүнья, турмыс, инсан тиришилиги ҳаққындағы

толғаныслары, адамларды дүньяны билип, түсинип жасаўға умтылдырыў ойлары,
муҳаббаттағы сырлы туйғылар жѳниндеги пикирлери оғада мазмунлы баянланған.
Шынында да оның дөретпелери адамның ишки сезимлерин оятып, инсанға дүнья,
жаратылыс және турмыс ҳаққында жаңаша ой туўғызыўға, сезимлерге берилдириў ҳәм
қосықларындағы пикирлерди оқыўшының өзине излеп табыўға умтылдырыў сияқлы
өзгешеликлерине ийе.

Әдебиятшы алым, филология илимлериниң докторы, шайыр Ж.Хошниязов

Ө.Әлеўовтың қосықларына баҳа бере отырып, «оның поэзиялық дөретиўшилигине
тоқталып өтетуғын болсақ, шайыр ой-пикир дүньясын өзинше баҳалаў принциплери
басшылыққа алынган қосық қатарларында жанлы тебренислер үстемлик етиўшилиги
менен айрықшаланып турады»

10

деп жазған еди.Белгили шайыр Ж.Өтениязов өзиниң

«Әмиўдәрья» журналында жәриялаған макаласында Ө. Әлеўовтың дөретиўшилигине

8

«Каракалпак адебияты» газетасынын редкциялык макаласы. 2019 ж.Ноябрь №11.

9

Hurriyat. Mustaqil gazeta. 2019. 28- avgust.; «Еркин қарақалпақстан» газетасы. 2019 ж. август.

10

Ж. Қошниязов. «Әмиўдәрья»да қосықлар толқыны. // Әмиўдәрья. 2017. № 2. 109-бет.


background image

ISSN:

2181-3906

2023

International scientific journal

«MODERN

SCIENCE

АND RESEARCH»

VOLUME 2 / ISSUE 12 / UIF:8.2 /MODERNSCIENCE.UZ

1470

унамлы пикирлер билдиргенлиги, «алым-шайырдың қосықлары салмақлы, өзгелерге үлги
боларлық көркем сөзлерден өрилген шығармалар» екенлигин атап көрсеткенлиги мәлим

11

.

Сондай-ақ шайырдың дөретиўшилиги бойынша проф. Қ.Оразымбетовтың

«Мухаббат сырлары» атлы «Қарақалпақ әдебияты» газетасында жәриялаған мақаласы да
(2020 ж..№ 6-7 санлары) өгада мазмунлы жазылыўшылығы менен көзге түскени мәлим.

12

Ал, шайырдың әдебий дөретпелерин академиялық лицейлерде класстан тыс сабақларда
үйрениў бойынша доц. Қ, Юсуповтың «Академиялық лицейлерде шайыр лирикасын
үйрениў

13

» атлы мақаласын оқып отырып шайырдың дөретиўшилигиниң оқыў

орынларында да жаслар тәрепинен кең үйренилип атырғанлығын, бул бойынша
методикалық усыныс, көрсетпелер жазылғанлығын көремиз.

Сондай-ақ усы илимпаз тәрепинен «Өсербай Әлеўовтың лирикасын үйрениў» атлы

екинши мақаласы Қазан федераллық университетинде өткерилген «Литература и
художественная культура тюркских народов в контексте восток-запад» ( Казан, 2020)
атлы халық аралық илимий-әмелий конференцияда мақала жәрияланып, шайырдың
шығармашылығын кеңнен танытыў бойынша қайырлы ислерди әмелге асырыўға
ерискен.

14

Шынында да, шайырдың қосықларында ойламаған жерден, күтилмеген қоспалы

тың пикирлер айтыўға болған шеберлик оғада бай. Шығармалары әпўайы, түсиникли
тилде жазылған болса да, оқыўшы ушын ондағы берилген ойды қабыл етиў, өзине
сиңдирип, ҳәзим қылыў азғана болса да ойландырып болып әмелге асады. Себеби
косықларында келтирилген жуўмақлаў сөзлеринде тереңде турған философиялық
шешимлер менен уғымлар орын алған. Бул тереңге адам ойы жетип барыўы керек...

Ө.Әлеўов поэзиядағы философ сыпатында қысқа қосықлары арқалы ҳеш кимниң

ядына келмеген дүньялық көлемде жаңа ойларды баянлаған шайыр. Оның
қосықларынсыз биз соңғы күнлердеги қарақалпақ поэзиясына қалай қанаатланып
келгенимизге ҳайран қаламыз... Шайыр оз дөретпелеринде жасы үлкен, көпти көрген
адамлар салдамлылық пенен айтатуғын диянатлы пикирлерди жаратты. Қосықларындағы
адам күтпеген ойлы уғымлар кем-кем ишки дүньяңа кирип барып, тынысыңды кеңейтип,
әлемди аңлаўға ҳәм өзиңди-өзиң түсиниўге сезим оятады.

11

Ж.Өтениязов. 2018- жылы баспадан шыққан айырым поэзиялық топламлар ҳаққында.// Әмиўдәрья. 2019

ж. № 3. 121-бет.

12

Қ. Оразымбетов. Муҳаббат сырлары. // Қарақалпақ әдебияты газ. 2020 ж.№ 6-7 санлары.

13

Қ. Юсупов. Академиялық лицейлерде шайыр лирикасын үйрениў. // Илм-фан ва таълимнинг ривожланиш

истиқболлари.мавзусидагиилмий конференция тўплами. № 6. 25-Сентяббрь,Тошкент, 2020.249-251 бетлер..

14

Қ.А.Юсупов. Өсербай Әлеўовтың лирикасын үйрениў. //Литература и художественная культура

тюркских народов в контексте восток-запад». Материалы международной научно-практической
конференции. 22-25 октябрь, Казан, 2020. 348-351 бет.

References

Ө. Әлеўов. Турмысты терең билмей. // Газ. Совет қарақалпақстаны. 1964. 23-май.; Ө. Әлеўов. «Замира» зериктирип жибердиғой. // Газ. Совет қарақалпақстаны. 1964. 23-декабрь. т.б.

Ө.Әлеўов. Бердақтың «Излер едим» қосығы ҳаққында. // Әмударья - 1976. № 12.

Ө.Әлеўов. Күнхожаның «Көринбес» атлы қосығы ҳаққында.// «Қарақалпақстан жаслары» газетасы. 12-апрель, 2018- жыл.

Ө.Әлеўов. Әжинияздың жанадан табылған қосықлары. // Әмударья. 1993. № 3.; Ө.Әлеўов. Әжинияздың жаңадан табылған қосықлары. // Қарақалпақстан жаслары. 1997. 9-Октябрь.

inLibrary — это научная электронная библиотека inConference - научно-практические конференции inScience - Журнал Общество и инновации UACD - Антикоррупционный дайджест Узбекистана UZDA - Ассоциации стоматологов Узбекистана АСТ - Архитектура, строительство, транспорт Open Journal System - Престиж вашего журнала в международных базах данных inDesigner - Разработка сайта - создание сайтов под ключ в веб студии Iqtisodiy taraqqiyot va tahlil - ilmiy elektron jurnali yuridik va jismoniy shaxslarning in-Academy - Innovative Academy RSC MENC LEGIS - Адвокатское бюро SPORT-SCIENCE - Актуальные проблемы спортивной науки GLOTEC - Внедрение цифровых технологий в организации MuviPoisk - Смотрите фильмы онлайн, большая коллекция, новинки кинопроката Megatorg - Доска объявлений Megatorg.net: сайт бесплатных частных объявлений Skinormil - Космецевтика активного действия Pils - Мультибрендовый онлайн шоп METAMED - Фармацевтическая компания с полным спектром услуг Dexaflu - от симптомов гриппа и простуды SMARTY - Увеличение продаж вашей компании ELECARS - Электромобили в Ташкенте, Узбекистане CHINA MOTORS - Купи автомобиль своей мечты! PROKAT24 - Прокат и аренда строительных инструментов